Múrájat ushın isenim telefonı

background

Билими күшли мыңды жығар

Билими күшли мыңды жығар

Усы жылдың 24-март күни Физика пәнинен Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети Ректор кубоги Олимпиадасының Республика басқышында Шоманай районы 14-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Салиев Султанбек Адилбай улы 92 балл менен Қарақалпақстан Республикасы бойынша сыйлы 1-орынды ийеледи.
Бунда Султанбектиң ақыл зийреклиги, билимлиги айрықша билинип турды, себеби тийкарғы 50 тест ҳәм кейинги берилген қосымша тест бойынша Амиўдарья районы оқыўшысы менен топлаған баллары тең болып қалып, үшинши рет берилген қосымша 5 есап бойынша өзиниң терең билими менен жеңиске еристи.
Пән муғәллими А.Балтамуратовадан келешекте районымыздан буннанда жақсы, билимли жасларды тәрбиялап шығарыўына исенемиз.
Олимпияда жуўмағында жеңимпазлар Диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon

Skip to content