Қурылыс тараўында буйыртпашы менен орынлаўшы ортасындағы қатнасықлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрманы, Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарлары ҳәм басқа да бир қатар нызам ҳүжжетлери, соның менен бир қатарда қурылысты кесип алып ислеў шәртнамасы менен тәртипке салынады.
Қурылыс жумысларын әмелге асырыўда буйыртпашы менен кесип алып ислеўши ортасындағы қатнасықларды тәртипке салыўда шәртнама әҳмийетли орын тутады.
Бул шәртнаманың зәрүрли шәртлери төмендегилерден ибарат:
Яғный,
– шәртаманың предмети (обьекттиң жайласқан жери, атамасы, қурылыс басқышлары ҳәм көлеми) қурылыс жумысларын өз күши менен яки жәрдемши кесип алып ислеўшилерди тартқан ҳалда орынланыўы;
– қурылыстың басланыў ҳәм тамаланыў ўақытлары;
– шәртнама баҳасы ҳәм оны анықлаў усыллары;
– жойбар ҳүжжетлерин усыныў тәртиби ҳәм муддетлери;
– финанслық дереклери хәм көлемлери;
– шәртнама миннетлемелерин орынламаў яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын тәреплердиң жуўапкершилиги;
– буйыртпашы ҳәм кесип алып ислеўшиниң ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери.
Тараўдағы даўлар көпшилик жағдайларда буйыртпашылар тәрепинен орынланған жумыслар ушын төлемлердиң әмелге асырылмаўы ҳәм кесип алып ислеўшилердиң алдыннан ҳақы ажратылса да, жумысларды орынламаў әқыбетинде келип шықпақта.
Кесип алып ислеў шәртнамасы бойынша орынланған жумыстың сыпаты талап дәрежесинде болыўы лазым.
Орынланған жумыс сыпатлы деп баҳаланыўы ушын сол ис шәртнама шәртлерине муўапық болыўы, егер шәртнамада жумыстың сыпаты ҳаққында тийисли шәрт болмаса ямаса толық сәўлеленбесе, соған уқсас жумысларға қойылатуғын әдеттеги талапларға сай болыўы керек. Соны айрықша атап өтиў орынлы, егер тәреплер ортасында шәртнаманың зәрурли шәртлери бойынша келисимге ерисилмеген болса, шәртнама дузилмеген есапланады.
Сыпатсыз орынланған жумыслар ушын кесип алып ислеўшиге ҳақы төленбейди.
Яғный, бундай шәртнамада, техникалық жойбарда, тәреплер ушын мәжбүрий болған қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларында нәзерде тутылған талаплардан шегиниўге жол қойылғанлығы, сондай-ақ, қурылыс объектиниң жойбар смета ҳүжжетлеринде белгиленген көрсеткишлерге, атап айтқанда кәрхананың ислеп шығарыў қуўатлылығына ерисилмегени түсиниледи.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң тийисли статьяларына тийкарланып, кесип алып ислеўши тәрепинен орынланған жумыслар сыпаты шәртнама шәртлерине, жойбар-сметада көрсетилген талапларға сай келиўи лазым. Егер де, бул талаплардан шегиниўге жол қойылса, бундай жағдайда миннетлемелер тийисли тәртипте орынланбаған есапланады.
Экономикалық суд әмелиятынан белгили-көпшилик кесип алып ислеўшилер тәрепинен орынланған жумыслардың сыпатсызлығы тек тапсырыў дәўиринде емес, ал суд тәрепинен тайынланған экспертиза нәтийжелери бойынша да анықланады.
Егер де, қурылыс тараўындағы шәртнамаларда көрсетилген ҳуқық ҳәм миннетлемелер оның қатнасыўшылары тәрепинен өз ўақтында сыпатлы орынланса ҳәр тәреплеме унамлы нәтийжелерге ерисилген болар еди.
Қоңырат районлар аралықэкономикалық суды баслығы: А.Аяпов