Múrájat ushın isenim telefonı

background

Мәмлекетлик органлары ҳәм кәрханалар хызметкерлерин, физикалық ҳәм юридикалық шахсларды халықты дизимге алыўда жумыс пенен бәнт етиў тәртиби

Мәмлекетлик органлары ҳәм кәрханалар хызметкерлерин, физикалық ҳәм юридикалық шахсларды халықты дизимге алыўда жумыс пенен бәнт етиў тәртиби

1. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында халықты дизимге алыўға  таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын ўақтынша бәнт етилетуғын  дизимге алыўшы хызметкерлер (үй-жай дизимин дүзиўшилер, дизимге алыўшылар, стационар дизимге алыўшылар, инструкторлар (супервайзерлер), дизимге алыў участкасы баслығы ҳәм оның орынбасарлары) саны белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине қараслы Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўды өткизиўге көмеклесиў бойынша аймақлық комиссиялар  тәрепинен анықланады.

2.Дизимге алыў ислерине ўақтынша бәнт етилген хызметкерлер саны ҳаққында жуўмақлаўшы мағлыўтлар сынақ көринисинде халықты дизимге алыў ҳәм үй-жайларды хатлаўдан өткизиў нәтийжелеринен келип шығып шөлкемлестириледи.

3. Район (қала) халықты дизимге алыў бөлими ҳәм халықты дизимге алыў бирлемши мағлыўматларды электрон базаға киритиў орайы хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы статистика басқармалары тәрепинен мүддетли меийнет шәртнамасы яки пуқаралық-ҳуқықый түрдеги шәртнама тийкарында жумысқа бәнт етиледи. Халықты дизимге алыў түрлеринен келип шығып шәртнама үлгилери комитет тәрепинен Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Кәсиплик аўқамлары федерациясы менен келискен ҳалда ислеп шығылады.

4. Үй-жай дизимин дүзиўши хызметкерлер районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлери тәрепинен аймақлық статистика органлары менен биргеликте таңлап алынады.

5. Физикалық ҳәм юридикалық шахслар жергиликли комиссиялар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәмде район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен халықты дизимге алыў ўақтында бәнт етиледи.

Дизимге алыў ўақтында ўақтынша бәнт етилген хызметкерлер менен аймақлық статистика басқармалары басшылары ортасында пуқаралық-ҳуқықый түрдеги шәртнамалар дүзиледи.

6. Халықты дизимге алыў бирлемши мағлыўматларды электрон базаға киритиў орайы хызметкерлери статистика басқармалары тәрепинен таңлаў тийкарында таңлап алынады.

Шоманай районы статистика бѳлими

Skip to content