Múrájat ushın isenim telefonı

background

Бос объектлер ислеп шығарыў ушын бəнт етилмекте.

Бос объектлер ислеп шығарыў ушын бəнт етилмекте.

Бос турған объектлерди ҳəм ислеп шығарыў майданларын нəтийжели пайдаланыў, оларда негизинде заманагѳй ислеп шығарыўды раўажландырыў ҳəм жаӊа жумыс орынларын жаратыў ҳəм де пайдаланылмай атырған объектлерге тəсиршеӊ салық механизмин қоллаў тəртибин əпиўайыластырыў мəқсетинде Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ
2019-жылдың 13-август күнги «Ислеп шығарыў майданларынан пайдаланыў нəтийжелилилгин асырыў ис-илажлары ҳақкында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Қарардыӊ тийкарғы мақсети – пайдаланылмай турған объектлер ҳәм ислеп шығарыў майданлары тийкарында бюджетке қосымша салықларды ѳндириў емес, ал усы объектлердиӊ ҳəм ислеп шығарыў майданларын исбилерменлик   жумысларына пайдаландырыўды жеделлестириў арқалы исбилерменликти раўажландырыў баслы мəқсет етип белгиленген. Яғный, пайдаланылмай атырған объетклерди иске түсириўдеги машқалаларды үйренип, оларды сапластырыўға, сондай-ақ объектлерди иске түсириўге байланыслы бизнес жойбарларды ислеп шығыўда ҳəм бирге ислесиўши инвесторларды тартыўда мүлк ийелерине кѳмеклесиў, сол аркалы бос турған объектлердиӊ иске түсиўин жеделлестириў, объект исбилерменлик жумыслары ушын иске түскенде оларға есапланып киятырған тасиршеӊ салық механизмлерин бийкар етиў ҳəм тѳлеген салықларын қайтарып бериўдей механизмлерди əмелге асырыў ушын салық органлары ҳам тийисли исши топарлар жумыс алып барыўы белгиленген.

Қарар талапларына муўапық Шоманай районы бойынша усы жыл даўамында жəми 12 объект анықланып оларға жәми 2,14 млрд. сўмлық тəсиршеӊ салықлар қолланылды.

Районлық салық инспекциясыныӊ жуўаплы хызметкерлери тəрепинен, қабыл етилген қарардыӊ мазмун-мəнисин бос турған объект мүлкдарларына жеткериў,  орынларға барған ҳалда үйрениўде анықланған машқалаларды тийисли исши топарлар менен сапластырыўда əмелий жəрдем кѳрсетиў нəтийжесинде, бир бос турған объект улыўма аўқатланыў тараўы бойынша исбилерменлик жумысларын баслап жибериў алдында. Бул объект иске қосылыўы нәтийжесинде 3 жаӊа жумыс орын жаратылды.

Шоманай районлық мәмлекетлик Салық инспекциясы

Skip to content