Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районындағы жас мәмлекет хызметшилери менен ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Шоманай районындағы жас мәмлекет хызметшилери менен ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекет хызметин раўажландырыў агентлиги хызметкерлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районындағы жас мәмлекет хызметшилери менен ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-октябрдеги “Өзбекстан Республикасында кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекет пуқаралық хызмети системасын түптен жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы
ПП-5843-санлы Пәрманында жоқары тәжирийбели қәнигелерди, сондай-ақ қәбилетли жасларды мәмлекет пуқаралық хызметине кең қамтыў бойынша системалы жумыслар алып барыў, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекет хызметин раўажландырыў агентлигиниң тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында көрсетип өтилген.

         Усы пәрманды орынлаў мақсетинде филиал тәрепинен тастыйықланған кесте тийкарында ҳәр айда республиканың район (қала)ларындағы мәмлекет пуқаралық  хызметин алып барып атырған жас мәмлекет хызметшилери менен ушырасыўлар өткериў белгиленген.

         Сондай-ақ  ушырасыўлардың нәўбеттегиси Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы филиалы хызметкерлери тәрепинен Шоманай районындағы мәмлекетлик шөлкемлеринде жумыс ислеп атырған жас кадрлар ҳәм аймақтағы қәбилетли жаслар менен ашық сәўбетлесиў түринде болып өтти.

Ашық сәўбетлесиў даўамында, жасларға мәмлектлик пуқаралық хызмети түсиниги ҳәм мазмун-мәнисин, мәмлекет хызметин раўажландырыў агентлигиниң тийкарғы ўазыйпалары, мәмлекетимизде кадрлар сиясаты ҳәмде инсан ресурсларын раўажландырыў тараўында жүз берип атырған өзгерислер, сол тийкардан мәмлекет хызметине қәбилетли жасларды қамтып алыў бойынша әмелге асырылып атырған  реформалар ҳаққында мағлыўматлар берилди ҳәмде жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.     

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content