Усы жылдың 21-март күни Шоманай районында улыўма халықлық Наўрыз байрамы көтериңки руўхта өткерилди. Бул байрамда барлық миллет ўәкиллери ѳзлериниң миллийлигин сәўлелендириўши кѳринислери арқалы байрам менен қутлықлады. Район халқы байрам сейилине шығып, Шоманай районы Мәденият бѳлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасын тамаша етти.
Сондай-ақ байрам сейиллери мәҳәллелерде де даўам етти. Орайлық стадионда дарўаз тамашалары, арқан тартыс, гүрес, қол гүреси, тас көтериў ойынлары болып, байрам қатнасыўшыларының кеўиллеринде өзгеше сезимлерди оятты.
Байрам мүнәсибети менен Шоманай аттракционы район халқына бийпул хызмет көрсетти.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.