Шоманай районы Мәденият МПЖ ға қараслы Түркистан кѳшесинде жайласқан кѳп қабатлы үйде жасайтуғын 80 хожалықтан 69 хожалықта 3 989 000 сўм қарыздарлық болғанлығы себепли 2021-жыл 15-март күни нызам талапларына муўапық ишимлик суўдан пайда болған қарыздарлықты қысқартыў мақсетинде ишимлик суў бериў ўақтынша 3 күн мүддетке тоқтатылған. Қарыздарлығы болмаған 11 хожалыққа ишимлик суўы тасымалы түрде турақлы жеткерилип барылған. 2021-жыл 17-март күни қарыздарлықтың белгили бир муғдары 2 109 000 сўм тѳленгенлиги себепли ишимлик суў бериў қайта жалғанғанлығы мәлим болды.
Бул мәселе бойынша Шоманай суў тәмийнаты бѳлими баслығына ѳз ўақтында қарыздарлықты ѳндириў илажларын кѳриў бойынша тапсырма ҳәм ескертиўлер берилди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. @shomanay_rayon