Ѳзбекстан Республикасының Жынаят ҳәмде Жынаят-процессуал кодекслерине ѳзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы 2021-жыл 18-февраль күнги ЎРҚ-675-санлы нызамының мазмун-мәниси үгит-нәсиятлаў мақсетинде Шоманай кәсип-ѳнер мектебинде ушырасыў болып ѳтти.
Ушырасыўға Шоманай районы Әдиллик бѳлими баслығы Ж.Сейтеков, Шоманай районы жынаят ислери бойынша суды баслығы Р.Назаров, Шоманай районы прокурорының орынбасары И.Самамбетов, Шоманай районы ҳәкимлиги бас юристконсульты Х.Ембергенов, районлық ИИБ жанындағы тергеў топары тергеўшиси А.Бердимуратов, Шоманай районы кәсип-ѳнер мектеби директоры А.Нурыллаевлар ҳәм мектеп оқытыўшы педагоглар менен оқыўшылар қатнасты.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon