Múrájat ushın isenim telefonı

background

Билимли жаслар – елге жарасар

Билимли жаслар – елге жарасар

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 25-декабрь күни өткерилген «Өзбекстан жаслары форумын»да жасларда унамлы мотивация, бизнес ҳәм исбилерменлик тараўында зәрүр билим хәм көникпелерин қәлиплестириў кереклиги айтып өтилди. Сол арқалы жасларды исбилерменликке кең түрде тартыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша “Ҳәр бир исбилермен–жасларға ғамхор” басламасы қоллап- қуўатланды.

Бул баслама бойынша Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен усы ҳәпте орталығында жаслардың исбилерменлик тараўында зәрүр билим ҳәм тәжирийбелерин асырыў арқалы оларды исбилерменликке қамтып алыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде Шоманай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-2-7-9-10-11-12-14-16-18-19-22-23-26-33-санлы орта билим бериў мектеплериниң питкериўши класс оқыўшыларына «Исбилерменлик субъектлери ҳәм оның түрлери», «Электрон ҳүкимет» ҳәмде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталыннан пайдаланыў тәртиби ҳаққында интерактив методта арнаўлы таярланған слайдлар, роликлер ҳәм тарқатпа материаллар арқалы кеңнен түсиндириў жумыслары алып барылды.

Семинар қатнасыўшылары тәрепинен өзлерин қызықтырған бир қанша сораўлар берилип, оларға унамлы жуўаплар алыўға ерисилди.

Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы жетекши қәнийгеси А.Оразбаев

Skip to content