Исбилерменлер ҳәрекети- Өзбекстан либерал-демократик партиясы Шоманай районлық Кеңеси ҳəм партиямыздың жаслар қанаты тəрепинен Улыўма халықлық Наўрыз байрамына бағышланған спорттың “Волейбол” тури бойынша районымыздағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң спорт залында жəмлеспеген жаслар ортасында турнир өткерилди. Турнир даўамында жаслардың шаққанлығы, ойнаў шеберлиги, командалардың күшлери сыналды. Турнир соңында жеңимпаз жасларға партиямыз тəрепинен таярланған «Ҳүрмет жарлық» ҳəм саўғалар Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутаты А.Қалеков тəрепинен тапсырылды.
Ѳзбекстан либерал-демократик партиясы Шоманай районлық Кеңеси