Múrájat ushın isenim telefonı

background

“Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызамның орынланыўы

“Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызамның орынланыўы

Бүгинги күнде мәмлекетемизде миллий қәдриятлар ҳәм үрп-әдет дәстүрлеримизди асыраў, оларды дүнья шеңберинде жаңғыртыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Шоманай районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызамы, 2020-жыл 20-октябрь күнги «Мәмлекетимизде өзбек тилин және де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын шөлкемлестириў ис-илажлары  ҳаққында»ғы ПП-6084-санлы Пәрманы ҳәм де 2020-жыл 13-декабрь күнги Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың басшылығында болып өткен видеоселектор жыйналысындағы тапсырмаларды ҳәм тараўға тийисли болған басқа да ҳуқықый-норматив ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content