Múrájat ushın isenim telefonı

background

Ѳз исбилерменлигин баслаў ушын район ҳәкими Айдосқа компютер саўға етти.

Ѳз исбилерменлигин баслаў ушын район ҳәкими Айдосқа компютер саўға етти.

Шоманай районы «Таза базар» МПЖ аймағында жасаўшы Қыдырбай улы Айдос «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўында ѳз исбилерменлигин баслаў ушын район ҳәкимине компютер сорап мүрәжат еткен еди.

Бүгин Айдостың мүрәжати орынланып, район ҳәкимлиги тәрепинен компютер саўға етилди. Саўғаны Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары М.Жуманов тапсырып, Айдостың алдағы жумысларына табыслар тиледи.

Жаслар ислери агентлиги тәрепинен Айдос «Жаслар1+1» дәстүри тийкарында исбилерменликке оқытылды ҳәм арнаўлы сертификат тапсырылды. Енди Айдос исбилерменлик пенен шуғылланыўға таяр екенин ҳәм район ҳакимине миннетдаршылығын билдирди.  

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content