Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районында жаслар менен ушырасыў ҳәм ашық сәўбетлесиў болып ѳтти

Шоманай районында жаслар менен ушырасыў ҳәм ашық сәўбетлесиў болып ѳтти

Қарақалпақстан Республикасындағы 4 сектор басшылары, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Жаслар агентлиги, министрликлер, кәрхана ҳәм шөлкемлер басшылары тәрепинен Шоманай районындағы машқалалы мәселеси бар жаслар менен ушырасыў өткериў белгиленген.

Бунда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша ушырасыў алдынан жасларға тийисли шѳлкемлер тәрепинен семинарлар ҳәм ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Жаслар менен ушырасыў даўамында Республикалық сектор басшылары тәрепинен қабыллаў ѳткерилип, бунда Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы жетекши қәнигеси Ж.Уббиниязов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының биринши орынбасары Т.Нурметов, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер Министриниң орынбасары М.Рахматуллаев, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығының орынбасары С.Ерниязовлар ҳәм министрликлер қәнигелери менен мәкеме ҳәм шѳлкем басшылары қатнасты.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content