Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагѳйлер театрында “Ботир Закиров көркем өнери даўамшылары” атамасындағы республикалық көрик-таӊлаўдыӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышы жоқары дәрежеде ѳткерилди.
Кѳрик-таңлаўға қала ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған жаслар қатнасып, тѳрешилер тәрепинен Шоманай районы Мәденият бѳлими дѳгерек басшысы Ж.Қайпов 1-орын, Нѳкис қаласы 12-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектебиниң оқытыўшысы А.Каримбаев 2-орын, Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы студенти А.Нуратдинов 3-орынға ылайық деп табылды ҳәм Республикалық басқышқа жоллама берилди.
Жеңимпазлар Қарақалпакстан Республикасы Мәденият Министрлиги тәрепинен диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпакстан Республикасы Мәденият Министрлигиниң мәлимлеме хызмети. Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети