1. Дизимге алыўды қәнигелер тәрепинен таярланған дизимлер жыйындысы нәтийжелери тийкарында қала ҳәм аўыллар (соннан, еркеклер ҳәм ҳаяллар) бойынша дәслепки мағлыўматлар қала ҳәм аўыл турғынларына ажыратылған ҳалда жыйналады.
Өзбекстан Республикасы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район ҳәм қалалар бойынша халықты дизимге алыўдың дәслепки мағлыўматлары 2024-жыл 1-мартқа шекем таярланады.
2. Халықты дизимге алыўдың жуўмақлаўшы мағлыўматлары республика ҳәм аймақлар бойынша белгиленген формаларда 2025-жыл 1-декабрге дейин толық жуўмақланады.
Дағаза етилген мағлыўматлардан тысқары қосымша мағлыўматлар пайдаланыўшылардың сораўнамаларына муўапық муўапықластырылады.
3. Жуўмақлаўшы нәтийжелер бирлемши мағлыўматлар базасынан толықтырылады.
4. Халықты дизимге алыў нәтийжелери баспа сөзден Комитет ҳәм оның аймаклық органлары тәрепинен 2025-жыл 1-декабрине шекем рәсмий баспаханаларда, сондай-ақ, электрон жөнелислерде, пайдаланыўшылардың кеңнен баспаларда хабардар етиў, пресс-релизлер, Комитеттиң рәсмий веб-сайтында жайластырыў арқалы дағаза етиледи.
5. Қайта исленген қағаз көринисиндеги халықты дизимге алыў журналы формаларын сақлаў ҳәм жоқ етиў белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
6. Халықты дизимге алыўдың электрон мағлыўматлар базасы ҳәм басқа ҳүжжетлердиң электрон формалары ҳәмде халықты дизимге алыўдың ҳүжжетлери қайта исленгеннен кейин белгиленген тәртипте ҳәмийше сақлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесине қараслы «Ўзархив» агентлигине тапсырылады.
Шоманай районы статистика бѳлими