Múrájat ushın isenim telefonı

background

Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткизиў тәртиби ҳаққындағы нызамының улыўмалық қағыйдалары

Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткизиў тәртиби ҳаққындағы нызамының улыўмалық қағыйдалары

1. Усы Нызам Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў, өткизиў, нәтийжелерин анализ қылыў ҳәм дағаза қылыў тәртибин белгилейди.

2. Дизимге алыў 2023-жыл 1-25 ноябрь күнлери өткизиледи ҳәм дизимге алыў басланыўының анық ўақты 2023-жыл 1-ноябрь саат 00:00 етип белгиленди. Дизимге алыўды өткизиў даўамлылығы  25 күн.

Респондентлердиң шахсқа тийисли мағлыўматларын жыйнаўда дизимге алыў сәнесинен кейин болған демографиялық ҳалатлар есапқа алынбайды. 2023-жыл 1-ноябрден кейин туўылған балалар ушын дизимге алыў журналы формалары ҳәм басқа дизимге алыў ҳүжжетлери толтырылмайди, бирақ усы сәнеден кейин қайтыс болған шахслар ушын толтырылады. Бунда қайтыс болған шахс ҳаққындағы мағлыўматлар оның баласы яки қызы, шаңарақ ағзаларының, мәҳаллесиндеги бар болган мағлыўматлар тийкарында толтырылады.

3. Шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў:

респондентлер жасайтуғын (ўақтынша жасап турган) турақ жай ҳәм натурақ жайларға, биналарға барған ҳалда үйме-үй жүрип сораўнама өткизиў арқалы әмелге асырылады. Дизимге алыў журналы формалары дизимге алыўшы хызметкерлер тәрепинен респондентлердиң сөзлери тийкарында толтырылады;

халықты дизимге алыў өткизиў дәўиринде жасап (турған) жайында ҳәзир болмаган яки жас өспиримлер ҳаққындағы мағлыўматты сол  үй хожалығының шаңарақ ағзалары тәрепинен усынылады.

Жасап турған мәнзилинде дизимге алыўды наразы респондентлер ушын дизимге алыў сораўнамаларын толтырыў район (қала) ҳәкимликлер ттәрепинен ажыратылған имарат яки ханаларда жайласқан стационар участкаларда  әмелге асырылады;

респондент дизимге алыў журналындағы сораўларға жуўап бериўдден бас тартса, дизимге алыў журналы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларындағы яки жергиликли мәмлекеетлик ҳәкимияты органларындағы бар болған мағлыўматлар тийкарында толтырылады;

сөйлеуи ҳәм еситиўде нуқсаны болған пуқараларға тийисли болған мағлыўматларды жыйнау тийисли аймақ бойынша нәгиранлық жәмиятлериниң хызметкерлери яки  усы пукаралар менен қарым қатнаста бола алатуғын шахслар көмегинде әмелге асырылады.

 Шахсқа тийисли мағлыуматларды жыйнау ахборот қәўипсизлигин тәмийнлеу талапларын есапқа алған ҳалда ахборот-коммуникация технологияларынан пайдаланыў арқалы әмелге асырылады.

4. «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық Өзбекистан Республикасы пуқаралары, ўақтынша жасаўшы яки болмаса ўақтынша Өзбекстан Республикасында жасап турған шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасында жасаўшы, лекин халықты дизимге алыў дәўиринде ўақтынша шет ел аймағында болған Өзбекстан Республикасы пуқаралары респондент сыпатында дизимге алынады.

6. Респондентлер өзиниң жасаў мәнзили бойынша дизимге алынады. Күнлик түнги дем алыудың көбирек бөлегин өткизетуғын үй, квартира, жасаў ушын пайдаланып атырған басқа турақ жай яки натурақ жай бина жасаў орны есапланады.

Бул жай респондент дизимнен өткен  мәнзил менен бирдей келиўи яки бирдей болмаўыда мүмкин.

7. Халықты дизимге алыў журналы формалары 2023-жылда Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыу дәстүрине киритилген саўаллардан ибарат болады.

Шоманай районы статистика бѳлими

Skip to content