Múrájat ushın isenim telefonı

background

“Миллий қәдриятлар-миллет мақтанышы”

“Миллий қәдриятлар-миллет мақтанышы”

Шоманай районы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 20-санлы улыўма ҳәм орта билим бериў мектебинде март айы “Миллий қәдирятлар” айлығы бойынша “Миллий қәдирятлар миллет мақтанышы”атлы байрам кешеси өткерилди. Байрам кешесине Республика руўхый ағартыўшылық Шоманай районы бөлими баслығы И.Алланиязов, Шоманай районы Халық билимлендириў бѳлиминиң руўхый-ағартыўшылық тәрбия ҳәм балаларды социаллық қорғаў бөлими баслығы Г.Темирханова, Шоманай нуры газетасы бас редакторы Қ.Наўрызов ҳәм Шоманай районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты  қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының Кекселер ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық белсендилигин асырыў бойынша орынбасары Д.Нийетуллаев қатнасты. Байрам кешеси мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған миллий қосықлар ҳәм саҳналық көринислери менен даўам етти. Байрам кешеси соңында Россия Федерациясында 13-17 жас аралығында болып өткен “Миллий сазлар” бойынша таңлаўға усы мектептиң 7-класс оқыўшысы Қошқарбаева Сахибжамал Кеўлимжай қызы  онлайн қатнасып 1-орынды алыўға мияссар болғаны ушын Шоманай районы Халық билимлендириў бөлими тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content