Múrájat ushın isenim telefonı

background

Жаслар менен ашық сәўбетлесиў

Жаслар менен ашық сәўбетлесиў

Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў барысында алып барылып атырған жумыслар нәтийжелигин үйрениў ҳәм машқалаларды сапластырыў, райондағы жаслардың усыныс ҳәм машқалаларын тыңлаў, үйрениў ҳәм додалаў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенат ағзасы У.Жалменов,  Ѳзбекстан Республикасы Олий Мажлис нызамшылық палатасы депутаты А.Асланов, Ѳзбекстан Республикасы жаслар ислери агентлиги орайлық аппарат қанигеси С.Тахиржоновлар Шоманай районында жаслар менен ушырасты.

Ушырасыўда сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, Жаслар ислери агентлиги район бѳлими, районлық Халық билимлендириў бѳлими, райондағы 33 улыўма орта билим бериў мектеплери жаслар жетекшилери, тийисли кәрхана ҳәм шѳлкемлер басшылары, мәҳәлле пуқаралар жыйынларындағы 118ден артық жаслар қатнасты.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

@shomanay_rayon

Skip to content