Múrájat ushın isenim telefonı

background

Туберкулёз кеселлигиниң алдын алыўдағы әҳмийетли тәреплер

Туберкулёз кеселлигиниң алдын алыўдағы әҳмийетли тәреплер

Туберкулёз жуқпалы кеселлик болып, оны көзге көринбейтуғын майда бактериялар – туберкулёз таяқшалары жүзеге келтиреди. Көп ҳалларда туберкулёз таяқшалары өқпени зыянлайды. Гейде көз, мий, сүйек, буўын, бүйрек, ишек ҳәм басқа ағзаларды да зыянлаўы мүмкин. Усы орында туберкулёз бактерияларын жуқтырғанлардың барлығында да кеселлик раўажланбаўын айтып өтиў керек. Кеселликтиң раўажланыўы организмниң иммунитети, ягный организмниң кеселликке қарсы гүресиўшеңлик қәбилетине байланыслы. Организмниң кеселликке қарсы гүресиўшенлиги (иммунитет) пәсейгенде, кеселликтиң раўажланыў итималлығы артады. Туберкулёз нәсиллик кеселлик емес, ол нәсилден нәсилге өтпейди. Тек жақын қатнас себепли, наўқастың шаңарақ ағзаларына кеселлик жуғыў итималлығы жокары болады. Соның ушын туберкулёз кеселлиги көбинесе шаңарақлық көриниске ийе болыўы мүмкин. Келиң, кеселликтиң жуғыў жоллары ҳәм келтирип шығарыўшы факторларға тоқталып өтсек:

– кеселликтиң өқпе формасы менен аўырған наўқас пенен бир ханада жасаў, узақ мүддет қатнаста болыў;

– наўқастың сыртка таслаған қақырығы ўақыт өтип кеўип, туберкулёз таяқшалары ҳаўаға көтерилиўи ҳәм дени саў адамлар усы ҳәўадан дем алыўы;

– шегиўшилик, нәшебентлик ҳәм спиртли ишимликлерди турақлы қабыллаў;

– ўақтында дем алмаў;

– өз ўақтында аўқатланбаў;

– АИВ/ АИЖС жуқтырыў.

Кеселлик белгилери:

– ҳәлсизлик;

– жокары дене температурасы;

– жөтел;

– азып кетиў;

– дем алыўдың қыйынласыўы;

– ашыўшақлық;

– аязлаў белгилери;

– өмир ушын зәрүр органлар искерлигиниң изден шығыўы.

Көрилетуғын илажлар:

– туберкулёз кеселлигин анықлаў ҳәм емлеў бийпул әмелге асырылады;

– туберкулёз узақ даўам ететуғын кеселлик болып, емлеў 6-8 ай мүддетти талап етеди. Бул мүддет даўамында шыпакер усыныс еткен дәрилерди қабыл қылыўда тәнеписке улыўма жол қоймаў керек.

Профилактик илажлар:

– туберкулёзге қарсы шаншыў (БЦЖ), туўыў бөлиминде балаларды шаныштырыў;

– шаншыўдың тәсири 5-7 жылдан кейин кемейиўин итибарға алған ҳалда, ҳәр жылы бир мәртебе шыпакер көригинен өтип турыў;

– жасаў ханаларын тез-тез самаллатыў;

– ханаларға қуяш нурлары түсип турыўын тәмийинлеў;

– ханалар, үскенелердиң шаңын ығал ләтте менен тазалаў;

– орын-көрпе, көпшик сыяқлы жуўыў қыйын болған буйымларды тез-тезден қуяш түсетуғын жерге қойыў;

– шегиўшилик, ишиўшилик ҳәм нәшебентлик сыяқлы иллетлердиң раўажланыўына жол қоймаў керек.

Наўқас әлбетте саўаламан деп, емлеўши қанийге усынысларын толық орынлаўы кеселликти жеңе алыў имканын береди. Инсан саламатлығын асыраўда профилактиканың орны үлкен. Әлбетте белгиленген қағыйдаларға, саламат турмыс тәризине әмел қылыў арқалы саламатлықты асырай алыўды умытпаў керек.

Гүлайша Жумабаева, Шоманай районы Санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими эпидемиолог врачы.

Skip to content