Múrájat ushın isenim telefonı

background

Зыянлы әдеттиң зыяны тийди

Зыянлы әдеттиң зыяны тийди

Инсан жаратылысында зыянлы әдеттиң еки түри гезлеседи. Бири туўма болса, екиншиси арттырылған болады. Инсан ҳеш қашан зыянлы әдетлерден мәп кѳрмеген.

            Мәселен, инсан ѳмир жолларында зыянлы әдетлерди арттырып, соңынан ѳзи пәнт жеп жүреди. Арақ ишиў, насбай атыў, темеки, нәше шегиў гиябентлик затларды қабыллаў сыяқлы арттырылған әдетлер себепли адамлар кеселликлерге, түрли апатларға ушырайды.

            Буған бир мысал: Хожели районында туўылған Е.Б атлы пуқара, усы районның “Водник” посёлкасына жақын ѳтетуғын Әмиўдәрья жағасына барып, балық аўлап жүргенде ѳсип турған “Марихуана” нәшебентлик затына дус келеди ҳәм оның жапырақларын жулып алып үйине әкелип кептирип шегиў ушын жасырып қояды.

            2020-жылы 6-октябрь күни спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында Қазақстан Республикасына кетиў ушын Хожели темир жол вокзалына келеди. Сол жерде мәс ҳалында жүргенлиги себепли ол ишки ислер уйымы хызметкерлери тәрепинен иркиледи. Нәтийжеде республикалық наркологиялық диспансерине әкелинип, тексериў қадағалаў ѳткериў барысында оның кисесинде 2 дана қағазға оралған марихуана гиябентлик заты табылады. Анықлап қарағанда пуқараның зыянлы затты қабыллайтуғыны жүзеге шығады.

Бул пуқара атап ѳтилген ҳәрекети арқалы Ѳзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 276-статьясы 1-бѳлиминде кѳрсетилген жынаятты келтирип шығарғанлықта айыпланып, нызамға муўапық 1 жыл мүддетке азатлықты шеклеў жазасына тартылды.

Пуқараның кеўлин кѳтеретуғын зыянлы әдети ҳуқықын шеклеп, зыянлы тәсирин тийгизди.

Зыянлы әдетлер денсаўлықтан айырып, ѳмириңди қысқартыў менен бирге жынаят жуўапкершилигине алып келиўи мүмкинлигин умытпаўымыз керек.

Жынаят ислери бойынша

Шоманай районы суды баслығы Р.Назаров

Skip to content