1. Халықты дизимге алыўдың бирлемши мағлыўматларды киритиў ҳәм қайта ислеў аймақларда әмелге асырылады.
Жергиликли статистика басқармаларында 14 бирлемши мағлыўматларды электрон базаға киритиў орайы шөлкемлестириледи. Ҳәр бир орайда тийисли аймақ бойынша халықты дизимге алыўдың бирлемши мағлыўматлары электрон базаға киритиледи.
Халықты дизимге алыў бирлемши мағлыўматларды киритиў ҳәм қайта ислеў арнаўлы дәстүрий тәмийнат тийкарында жергиликли орай баслықлары, операторлар топары баслықлары, ҳүжжетлерди сақлаў хызметкерлери, мағлыўматларды киритиў ҳәм қадағалаў бойынша операторларды ўақтынша бәнт етиў арқалы әмелге асырылады.
Республика дәрежесинде жуўмақлаўшы мағлыўматларды жәмлеў ҳәм анализ қылыў арнаўлы компъютер дәстүри тийкарында әмелге асырылады.
Дизимге алыўдың бирлемши мағлыўматларды электрон базаға киритиў ислери 2024 жыл 31 декабрге дейин әмелге асырылады.
2. Дүнья жүзлик интернет информация тармағы арқалы респондентлар дизимге алыў журналы формаларының ғәрезли рәўиште толтырыўлары мүмкин.
Комитет дүнья жүзлик интернет информация тармағы аорқалы дизимнен өткен респондентлер ҳәм олардың үй мәнзиллери дизимин дүзеди ҳәмде жергиликли статистика органларына жибереди.
3.Бирлемши мағлыўматларды электрон базаға киритиў ҳәм оларды қайта ислеў бойынша қадағлаў жергиликли статистика басқармалары тәрепинен әмелге асырылады. Комитет тәрепинен турақлы рәўиште мониторинг ислери жолға қойылып, муўапықластырылады.
Шахсқа тийисли бирлемши мағлыўматлар қайта ислеў ўақтында сыр сақланады..
4.Зәрүр ҳалларда халықты дизимге алыў нәтийжелерин анализ қылыўда қылыўда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесине қараслы Мәмлекет персоналлаастырыў орайы, Әдиллик министрлигине қараслы Мәмлекетлик хызметлери агентлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик салық комитетине қараслы Кадастр агентлиги, Бюджеттен тысқары Пенсия жамғармасы ҳәмде басқа тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер халық пенен байланыслы болған мағлыўматлар базаларынан пайдаланылады.
Шоманай районы статистика бөлими