Шоманай районы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 15-санлы ҳәм 18-санлы улыўма билим бериў мектеплери Президентимиз алға сүрген 5 әҳмийетли басламаның 5-жѳнелисине тийкар 9-11-класс оқыўшыларын кәсип-өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде ислеп шығарыў кәрханалары ҳәм медицина орайы сондай-ақ, «Қарабайлы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Султан берекетли шарўа” фермер хожалығына медиа тур шөлкемлестирди.
Медиа тур даўамында оқыўшы жаслар ислеп шығарыўшы кәрханалардың күнлик ис кѳлеми ҳәм жумыс тәртиби менен танысты. Шарўа фермер хожалыгында нәсилли шарўа малларының қалай бағылыўы ҳәм бул кәсиптиң ѳзгешеликлери ҳаққында түсиниклер алды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети