Елимизде ызғырын қыс күнлери де жуўмағына жетип, жасарыў ҳәм жаңаланыў паслы – бәҳәр мәўсимиде кирип келди. Әйне бәҳәр айларының жаўын-шашынлы күнлеринде қыр-адыр, терекликлер арасына ҳәм автомобил жол бойларына замаррықлар өсип шығады. Айырым пуқаралар тәрепинен замаррықлар терилип, үлкен автомагистраль жол бойларында ҳәм де базарларда сатыў ҳаллары да көбейеди. Бирақ ҳәр қандай замаррықларды билип-билмей қабыл қылыў кеўилсиз жағдайларға алып келиўи мүмкин. Азықлық зат ретинде қабыл қылыў мүмкин болған ҳәм зәҳәрли замаррықларды бир-биринен ажыратыў қурамалы ис. Көп жағдайларда олар бир-бирине уқсап кетеди. Ақ замаррық, қызыл замаррық, шампиньон ҳәм опёнок түрлерин азықлық зат ретинде қабыл қылыў мүмкин. Зәҳәрли (қызыл мухамор, күлрең мухамор, сатанин, сары жалған замаррық) лерин қабыл кылғанда, дузланған яки маринока кылынған замаррықларды сырланған ыдысларда саклағанда зәҳәрлениў жүз береди. Азықлық зат ретинде қабыл қылыўға жарамлы замаррықлар минерал затлар, белок ҳәмде «С» ҳәм «В» топарларына киретуғын витаминлерге жүдә бай есапланады. Замаррық қандағы холестерин муғдарын пәсейттиреди. Соның менен бирге, қантлы диабет пенен аўырған адамларға пайдалы. Замаррықлар шийки палыз өнимлер (қыяр, капуста, помидор) менен келисе алмайды, бундай араласпа асказан бузылыўы ҳәм дем болыўына алып келеди. Сол себепли оны тек ғана писирилген палыз өнимлери менен бирге қабыл кылған мақул. Азықлық зат ретинде қабыл қылыў мүмкин болған «сморочок» ҳәм «сторочок» замаррықларынан қәте аўқат таярланғанда да адам зәҳәрленип қалыўы мүмкин. Себеби олар қурамында зәҳәрли гельвелат кислота болып ол суўда жақсы ерийди, соның ушын бундай түрдеги замаррықларды қабыл қылыўдан алдын қайнатып, суўын төгип таслаў лазым. Автомагистрал жол бойлары, зәҳәрли затлар ҳәмде химиялық затлар сақланатуғын қоймаханалардың дөгерек әтирапында өсетуғын замаррықлардан да зәҳәрлениў ҳалатлары бақланады. Себеби машиналардан шығатугын ыс газлар ҳәм зәхәрли затларды замаррықлар өзине сиңдирип алады, демек бундай ҳалатларда қабыл кылыўға жарамлы замаррықлардан да адам зәҳәрленеди. Замаррықтан зәҳәрленгенде кеселлик белгилери қабыл қылынған замаррықтың түрине қарап, түрлише жүзеге шығады. Бирак, кўп ҳалларда замаррық қабыл қылғаннан соң 1-2 саат өтип, хәлсизлик, кеўил айныўы, қусыў, қарын бөлиминде аўырыў пайда болыўы менен гүзетиледи. Бул зәхәрлениўдиң дәстлепки белгилери. Буннан тысқары, силекей ағыўы, көп терлеў, көзден жас ағыўы, пульстың әстелесиўи, алақсыраў (галлюцинация), қалтыраў ҳалатлары да гүзетиледи. Көз қарачиғининг қарашығының кенейиўи яки оның тарайыўы да зәҳәрлениў белгилеринен бири есапланады.Наўқасларға тез медициналық жәрдем корсетилсе, әдетте 2-3 күнде саўалып кетеди. Өз ўақтында емлеў илажлары көрилмеген ўақытларда наўқастың жағдайы аўырласып, аянышлы жуўмақланыўы да мүмкин.Бундай кеўилсиз ҳалатларды болдырмаў ушын ҳәр бир шахс зәҳәрли ҳәм зәҳәрли болмаған замаррықларды ажырата алыўы, ҳәттеки қабыл қылыў мүмкин болған замаррықларды болса белгиленген норма ҳәм қағыйдаларға мас рәўиште сақланыўы ҳәм таярланыўына дыққат қылыўы лазым. Базарлардан ҳәм саўда дүканларынан замаррық сатып алмақшы болсаңыз, санитария-гигиена қағыйдаларына мас шараятларда таярланғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды талап етиң. Замаррықларды турақлы саўда шақапшаларынан, белгиленген орынлардан тийисли сыпатын кепиллеўши ҳүжжетлери бар болған жағдай да ғана сатып алын. Ҳәр бир инсан өз саламатлыгы ушын өзи жуўапкер екенлигин ядта тутың.Ажинияз Сапарниязов, Шоманай районы Санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими санитария врачы.