Усы жылдың 6-март сәнесинде 8-март «Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы» мүнәсибети менен Шоманай районы 13-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектебинде салтанатлы байрам кешеси шѳлкемлестирилди.
Байрам кешесин Шоманай район ҳәкими Б.Янгибаев қутлықлаў сѳзи менен ашып берди. Байрам мүнәсибети менен Нураный апаларымыз, белсенди ҳаял-қызларға таярланған саўғалар тапсырылып, Шоманай районлық Мәденият бѳлими тәрепинен таярланған «Ҳаял гоззаллығы әлемди безер» атамасында сазлы ҳәм театрластырылған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. @shomanay_rayon