Múrájat ushın isenim telefonı

background

Ҳаял-қызлар футбол майданшасында

Ҳаял-қызлар футбол майданшасында

Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Шоманай районлық бөлимшеси тәрепинен Шоманай районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы барлық Мектепке шекемги билимлендириў шѳлкемлери  ҳаял-қызлар хызметкерлери арасында 2021-жыл 4-март күни «8-март Халықаралық ҳаял-қызлар»  байрамына арналып спорттың киши футбол түринен жарыс болып ѳтти. Жарыс жуўмағында 1-орынды 4-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми командасы, 2-орынды 7-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми командасы, 3-орынды 3-санлы хәм 11-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми командалары ийеледи. Жеңимпаз командалар баҳалы саўғалар ҳәм ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

@shomanay_rayon

Skip to content