1. Халықты дизимге алыў жумысларына таярлық көриў ҳәм оны өткизиў төмендеги органлар тәрепинен әмелге асырылады:
2023-жылда халықты дизимге алыўды көмеклесиў бойынша республика комиссиясы (кейинги орынларда — республика комиссиясы);
2023-жылда халықты дизимге алыўға көмеклесиў бойынша жергиликли комиссиялар (кейинги орынларда — жергиликли комиссиялар);
мәмлекетлик статистика органлары;
тийисли министрликлер ҳәм кәрханалар.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети (кейинги орынларда —Комитет) Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыўды өткизиўге көмеклесиў бойынша республика комиссиясының исши органы есапланады.
2. Комитет халықты дизимге алыў барысында тийисли жуўапкерли мәмлекетлик органы сыпатында төмендегилер әмелге асырады:
халықты дизимге алыў бойынша методика ҳәм қолланба материаллар таярлайды ҳәмде белгиленген тәртипте тастыйқлайды;
халықты дизимге алыў ҳүжжетлери түрлери, дизимге алыўшы қәнигелер гүўалығын ислеп шығады;
халықты дизимге алыў журналындағы мағлыўматларды киритиў, қайта ислеў ҳәм жуўмақлаўшы мағлыўматларды өз ўақтында алыў бойынша автоматластырылған информация системасы ислеп шығылыўын шөлкемлестиреди;
халықты дизимге алыў ҳүжжетлерин баспадан шығарыў, техник тәмийнат қуралларын таярлаў (сатып алыў) ҳәм оларды өз ўақтында аймақларға жеткерип бериў ислерин шөлкемлестиреди;
халықты дизимге алыў қәнигелерди таңлап алыў ҳәм оқытыў тәртибин белгилейди, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы статистика басқармалары (кейинги орынларда — жергиликли статистика басқармалары) қәнигелерин оқытыўын шөлкемлестиреди;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетине қараслы Кадастр агентлиги менен биргеликте халықты дизимге алыўда пайдаланылған картографик материалларды таярлаў бойынша техник шәртлери шөлкемлестиреди;
халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткизиў ҳәмде мағлыўматларды киритиў ҳәм қайта ислеў ушын ўақтынша биналарды ажыратыў бойынша қолланбаны ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды;
халықты дизимге алыў журналы формалары таярланыўын ҳәм аймақларға жеткизилиўин тәмийиннлейди;
Өзбекстан Миллий ахборот агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте 2023-жылда халықты дизимге алыўды өткизиў ҳаққында халықты хабардар қылыў ислерин ( соннан, SMS-хабарнама, аудио ҳә видео реклама материалларды, баспалар ҳәм басқалар) муўапықластырады;
халықты дизимге алыў ўақтында жергиликли комиссиялар менен биргеликте сыпатлы өткизилиўин шөлкемлестириўге көмеклеседи;
шахсқа тийисли мағлыўматларға ислеў бериў тәртибин белгилейди ҳәм оларға ислеў бериўди әмелге асырады.
Шоманай районы статистика бөлими