Усы жылдың 5-март сәнесинде Шоманай районы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 33-санлы қәнигелестирилген мектепте «Саламат шаңарақта-саламат бала” дәстүри тийкарында ата-аналар ҳәм оқыўшыларға семинар-тренинг ѳткерилди.
Семинарға Мәҳалле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бѳлими баслығы орынбасары Д.Нийетуллаев, районлық ИИБ ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бѳлими баслығы майор Н.Қыдырбаев, районлық Халық билимлендириў бѳлими балаларды педагогикалық-психологиялық ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў орайы психолог методистлер О.Шалабаев ҳәм Е.Шайхиевлар қатнасты.
Семинар даўамында Шаңарақта ата-ана ҳәм перзент ортасындағы байланыстың беккемлеў мақсетинде ата-аналар ҳәм оқыўшылар арасында методикалық интерактив ойынлар арқалы түсиниклер берилди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon