Múrájat ushın isenim telefonı

background

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми маликалары.

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми маликалары.

Бәҳәр мәўсими кирип келиўден барлық орынларда Бәҳәр маликасын анықлаўға урынады.
Бул әлбетте байрамға арналып өткерилетуғын қызықлы жарыс. Усы жылдың 4-март сәнесинде районлық 4-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде С.Қоразбаева басшылық етип атырған “Қуяш” топары тәрбияланыўшы қызлар арасында “Бәҳәр маликасы” таңлаўы өткерилди. Таңлаўда қызлар қосық айтыў, ойнаў, реңли қағазлардан гүл соғыў ҳәм салат ислеў шәртлери бойынша өз-ара күш сынасты. Сондай-ақ тәрбияланыўшы қызлардың топарындағы ер балалар, байрам саўғасы сыпатында аяқ ойынларын инәм етти. Таңлаўда дослық теңликти көрсетип, таңлаўда қатнасыўшы барлық қызлар Бәҳәр маликасы деген атқа мияссар болды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon

Skip to content