Ҳүкимет қарары менен (710-сан, 11.11.2020-ж.) Өзбекстанда 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткизиў тәртиби ҳаққында нызам тастыйықланды.
2021-жыл 1–25-ноябрде Әндижан ўәлаяты Хожабад районы, Ташкент ўәлаяты Жоқары Шыршық районы, Хийўа қаласы ҳәмде Ташкент қаласы Яшнабад районларында халық сынақ дәрежесинде дизимге алынады.
Пүткил халықты дизимге алыў болса 2023-жыл 1–25ноябрде төмендегише әмелге асырылады:
1–5-ноябрде халық интернет тармағы арқалы дизимге алынады;
6–10-ноябрде интернет арқалы дизимге алынған респондентлер ҳәм олардың үй мәнзиллери дизими дүзиледи;
11–22-ноябрде халықты дизимге алыў журналы тийкарында үйме-үй жүрип халық дизимге алынады;
23–25-ноябрде ҳәр бир участкадағы үй-жай мәнзиллериниң 10 пайызы таңланба рәўиште қадағалаў гүзетиўи тийкарында үйрениледи.
Қарар менен халықты дизимге алыў ўақтында ислеген шахсларға ҳақ төлеў тәртиби ҳәм муғдарлары тастыйықланды.
Ҳүжжет ҳаққындағы толық мағлыўмат пенен www.lex.uz сайты арқалы танысыўыңыз мүмкин.
Шоманай районы статистика бөлими