Múrájat ushın isenim telefonı

background

Ҳаял-қызлар таңлаўы

Ҳаял-қызлар таңлаўы

Ҳаяллар дәптеринде дизимде турған жумыссыз ҳаяллар арасында 8-март Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен «Ийбели ҳаял» таңлаўы шѳлкемлестирилди. Таңлаўға райондағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан «Ҳаяллар дәптери»нде дизимде турған ҳаяллар қатнасты.

Таңлаў жуўмағына кѳре 1-орынды «Сарманбайкѳл» АПЖ дан Султамуратова Гоззал, 2-орынды «Таза базар» МПЖдан Қыдирова Гулзар, 3-орынды «Мамый» АПЖ Ережепова Райханлар ийеледи. Қатнасыўшылар номинация ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

@shomanay_rayon

Skip to content