Múrájat ushın isenim telefonı

background

Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен “Мәҳәллебай” мәмлекетлик хызметлер көрсетилмекте

Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен “Мәҳәллебай” мәмлекетлик хызметлер көрсетилмекте

Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери, Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте район аймағындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында болып, «Мәҳәллебай» кесиминде үйрениў жумысларында қатнасып, аймақ турғынларына көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.

Буннан тысқары аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында орай тәрепинен тастыйықланған графикке ҳәр айда бир мәрте белгиленген күнде көшпели тәртипте мәмлекетлик хызметлер көрсетиў қойылған. Соның менен бирге мәмлекетлик хызметлер ҳаққында үйден шықпаған ҳалда мәмлекетлик хызметлерден онлайн тәризде пайдаланыў, электрон ҳүкимет бойынша дәслепки түсиник ҳәм көнликпелер бериў жумыслары алып барылмақта.   

Мағлыўмат ретинде жыл басынан усы күнге шекем орай тәрепинен жәми 921 хызмет көшпели тәртипте көрсетилген болса, 14 исбилерменлик субьекти көшпели тәртипте мәмлекетлик дизимге алынған.

Шоманай районы Мәмлекетлик хызмет орайы бөлим баслығы

Б.Е.Даўлетмуратов

Skip to content