Шоманай районында ҳаяллар даптерине киритилген ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў, оларда саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мақсетинде ҳәм де туўры аўқатланыўды жолға қойыу ушын ҳәр күни таңғы дене шынықтырыў ѳткерилмекте.
Бунда ҳаял-қызлар ушын бийпул медициналық кѳриклер шѳлкемлестирилип, үйме-үй мәнзиллерине барып кѳриктен ѳткерилмекте.
Саламат анадан саламат бала туўылады дегениндей ана саламат болса келешекте перзенттиң саламатлығыда беккем болады. Солай екен ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў бизиң баслы ўазыйпамыз.
Шоманай районы Медицина бирлеспеси