Múrájat ushın isenim telefonı

background

Суд структурасында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары енгизилиўиниң жаңа басқышы.

Суд структурасында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары енгизилиўиниң жаңа басқышы.

Президентимиз 2020-жылдың 29-декабрь күни Олий Мәжилиске өз Мүрәжатнамасын оқып еситтирди.

Президент ѳз мүрәжатнамасында пуқараларға суд имәратына келместен “онлайн” тартипте мүрәжат етиў имкәнияты жаратылады, Сондай-ақ, пуқаралар өз арзаларының көрип шығылыў процесин аралықтан турып бақлап барыў мүмкүншилиги туўылады деген еди.

Президентимиз басламасы менен судлар искерлигине заманагөй мәлимлеме-коммуникациион технологияларын енгизиў бир нешше жылдан берли даўам етип келмекте.

Судларда ҳәзирги ўақытта орайластырылған электрон мағлыўматлар базасы енгизилгенлиги себепли биринши инстанция судларында ислерди судьялар ортасында инсан факторы араласыўысыз, қалыслық принципи тийкарында автоматикалық тәризде теңдей бөлистириў имкәнияты жаратылды.  

Өзбекстан Республикасы Олий суды ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросының мәлимлеме системалары өз-ара интеграция қылынды. Бул, судлар тәрепинен шығарылған орынлаў ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў бюроларына судьялардың электрон имзасы менен электрон формада жибериўге имкәният бермекте.  

Өткен 2020-жылдың 1-июнь сәнесинен баслап электрон формада көрилген ислердиң электрон архивы жаратылды.

Халықты судлар тәрепинен көрсетилетуғын интерактив хызмет түрлери менен бирден-бир мәнзил тийкарында хабардар етип барыў, судлар тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға көрсетилетуғын интерактив хызмет түрлеринен пайдаланыў тәртибин әпиўайыластырыў мақсетинде Олий судтың Интерактив хызметлер порталы (my.sud.uz) иске түсирилди. “Қарорлар тўплами” (public.sud.uz) рубрикасы арқалы нызамлы күшке кирген суд қарарлары системалы рәўиште жәрияланып келинбекте.

2021-жыл 1-январдан баслап барлық судларда суд мәжилислерин ис бойынша тәреплердиң илтимаснамасы ҳәм басшылық етиўшиниң разылығы менен аудио жазыўдан пайдаланған ҳалда жазып барыў ҳәмде суд мәжилислери баянламаларын усы системадан пайдаланған ҳалда қәлиплестириў жолға қойылды.

Буннан тысқары, 2021-жыл 1-июлдан баслап апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислерди судьялар ортасында автоматикалық рәўиште бөлистириў, ал 1-октябрдан баслап болса барлық суд мәжилиси қатнасыўшыларын суд мәжилислериниң ўақты ҳәм орны ҳаққында “SMS” хабар арқалы пулсыз тийкарда хабардар етиў енгизиледи.

Сондай-ақ, 2022-жыл 1-январдан баслап суд қарарларын ис бойынша тәреплерге онлайн тәризде, олардың илтимаснамасы бойынша болса қағаз формасында усыныў, 1-июлға шекем суд ҳәкимияты органлары жумысларында, атап айтқанда, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине әдил судлаўға ерисиўде қолайлықлар жаратыў мақсетинде 10 ға жақын интерактив хызметлер көрсетиў жолға қөйылады.

Усы жылдың январь айынан 17 мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлери мәлимлеме системаларын Олий судтың мәлимлеме системасы менен интеграция қылыў арқалы белгили бир исти көриў процесинде зәрүр болған мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди пуқараларды әўере етпеген ҳалда судлар тәрепинен туўрыдан-туўры мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлерден электрон формада олиш алыў тәртиби енгизилди.

Журтбасшымыз белгилеп берген ўазыйпалардың орынланыўы пуқаралар ҳәм исбилерменлерге қөлайлықлар жаратыўға, судлардың ашық ҳәм айдынлығын тәмийнлеўге хызмет етпекте.

Қоңырат районлар аралық

экономикалық суды баслығы                                       А.Аяпов

Skip to content