Múrájat ushın isenim telefonı

background

Халықты дизимге алыўдың улыўмалық қағыйдалары

Халықты дизимге алыўдың улыўмалық қағыйдалары

Өзбекстан Рреспубликасында 2023-жылда халықты дизимге алыў 1-ноябрь сәнесинен 25-ноябрь сәнесинен баслап өткерилетуғынлығы мәлим етип белгиленди. Респондентлердиң пуқараға тийисли мағлыўматларды жыйнаўда дизимге алынған сәнесинен кейинги демографик ҳалатлар есапқа алынбайды. 2023-жыл 1-ноябрден кейин туўылған балалар ушын дизимге алыў журналы ҳәм басқа ҳүжжетлер толтырылмайды, бирак усы сәнеден кейин өлген шахслар ушын толтырылады. Бунда өлген шахс ҳаққындағы мағлыўматлар оның шаңарағындағы жасы үлкен ямаса мәҳалле шөлкемлери арқалы толтырылады.

Пуқараға тийисли мағлыўматларды жыйнаў респондентлер жасайтуғын турақ жай ҳәм натурақ жайларға, биналарға барған ҳалда үйме-үй жүрип сораў өткизиў арқалы әмелге асырылады. Дизимге алыў журналы дизимге алыўшы хызметкерлер тәрепинен респондентлердиң сөзлери тийкарында толтырылады. Халықты дизимге алыў ўақтында жасап турған жайында сол ўақыттың өзинде болмаған яки жас өспирим шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар үй ийелери ағзалары тәрепинен мәлим етиледи.

Жасап турған хожалығында есаптан өтиўди қәлемеген респондентлер ушын дизимге алыў сораўнамалары қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен ажыратылған бина яки ханаларда жайласқан стационар участкаларда орынларда әмелге асырылады.

Шоманай районы статистика бөлими.

Skip to content