Múrájat ushın isenim telefonı

background

Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде нызам бузыўшылыққа жол қойған лаўазымлы шахслар жуўапкершиликке тартылды.

Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде нызам бузыўшылыққа жол қойған лаўазымлы шахслар жуўапкершиликке тартылды.

Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў барысында “бир айна” принципи бойынша басқышпа-басқыш енгизилип атырған хызметлер жыл сайын артып, исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқаралар ушын бир нешше хызмет түрлерин бир жердиң өзинде алыў имканияты пайда болмақта.

Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы өткен 2020-жыл даўамында 140 тен артық түрдеги мәмлекетлик хызметлерден жыл машқаласына айланған коронавирус пандемиясының карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда, халқымыз ушын ең зәүрли кешиктирип болмайтуғын хызметлерди кешиктирмей тәмийинлеўи нәтийжесинде 30 363 мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. (Бул көрсеткиш район халқының 55 % қурайды)

Тилекке қарсы, Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў барысында айырым ўәкилликли уйымлар тәрепинен мүражатларды көрип шығыўда жол қойылған нызам бузыўшылық жағдайлары да ушыраспақта.

Алдағы ўақытта бундай жағдайларды сапластырыў ҳәм болдырмаў иләжларын көриў бойынша район ҳәкимлиги мәжлислер залында ўәкилликли уйымлардың жуўаплы хызметкерлери менен биргеликте сәўбетлесиў өткерилди.

Сәўбетлесиў барысында орай директоры А.Галиакберов шығып сѳйлеп, Мәмлекетлик хызметлер кѳрсетиў тараўында нызам бузыўшылық жағдайлары анықланғанда ўәкилликли уйымларға Өзбекстан Республикасының “Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында”ғы Кодекстиң 215-статьясы ҳәм 2155-статьясына муўапық тийисли шаралар қолланылыўы нәзерде тутылғанлығы бойынша кең түрде айтып өтти.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў барысында 2020-жыл даўамында Өзбекстан Республикасы “Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында”ғы кодекстиң 215-5-статьясы менен аймақлық ўәкилликли уйымлардан 10 лаўазымлы шахсқа “Ҳәкимшилик шарасы қолланылды” яғный ең кем ис ҳақынын үш есеси муғдарында ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылды. 

                Көрилген шаралар жазалаў ушын ғана емес, бәлким, алдағы ўақытлары олардың итибарсызлығы ақыбетинде келип шығыўы мүмкин болған унамсыз жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди, басқаларға сабақ болады.

Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы.

@shomanay_rayon

Skip to content