Múrájat ushın isenim telefonı

background

Миллий мәдениятымыз раўажланыў жолында

Миллий мәдениятымыз раўажланыў жолында

Хүрметли Президентимиз тәрепинен 2021-жыл 20-январь күни тастыйықланған “Мадений хызмет ҳәм Мәденият шөлкемлери ҳаққындағы” Өзбекстан Республикасы нызамының тастыйықланыўы тараў хызметкерлерин, пүткил халқымызды да қуўанышқа бөледи. Бул нызам мәмлекетимиздиң мәденият тараўын раўажландырыўдың бәрше бағдарларын қамтып алған. Нызам тийкарында түрли мәдений илажлар ,гастроллер, халық дөретпелерин раўажландырыў, мәдений мийрасларды қорғаў,  келешек әўладларға мийрас етиў, түрли миллетлердиң мәдениятын раўажландырыў, сырт еллерде өз мәдениятымыздың дүрданаларын көрсетиў ҳәм басқада түрли мәдений массалық илажларды шөлкемлестириў усы нызам тийкарында заманға сай әмелге асырылыўы белгилеп берилген. Бир  сөз бенен айтқанда мәденият тараўына байланыслы болған жумыслар нызамда белгиленген хақ- хуқуқ хәм режелер бағдарында жүргизиледи ҳәм мәмлекет тәрепинен қуўатланып әмелге асырылады.

Шоманай районы Мәденият бөлими баслығы А.Бегжанова

@shomanay_rayon

Skip to content