Усы жылдың 25-январь санесинде Шоманай районы Жумабай жыраў Базаров атындағы 13-санлы балалар музика ҳәм кѳркем-ѳнер мектебинде Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2020-жыл 29-декабрь күни Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасынан келип шығып, «2017-2021 жылларда Ѳзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес аҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын», «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халық саламатлығын беккемлеў жылында әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик дәстүри ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы Президенти Пәрманы жойбарының мәнис-мазмуны, оны әмелге асырыў механизмлери, нәзерде тутылған реформалар нәтийжесинде унамлы ѳзгерислер ҳаққында үгит-нәсият қылыў ушырасыўы болып ѳтти.
Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Олий мәжилиси сенатының, Аралбойы регионын раўажландырыў комитети баслығы орынбасары Б.Матмуратов, С.Султанов атындағы Қарақалпақстан Республикасы фтезитрия ҳәм пулмонология орайы директоры ў.ў.а Қ.Қудайбергенов, Шоманай районы ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Қалжанов, районлық Әдиллик бѳлими баслығы Ж.Сейтеков, Шоманай районы прокуроры М.Оразбаев, районлық жынаят ислери бойынша суды Р.Назаровлар ҳәмде райондағы мәкеме ҳәм кәрхана, аўыл ҳәм мәкән пуқаралар жыйынлары баслықлары, улыўма билим бериў мектеби директорлары менен биргеликте жасларда қатнасты.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon