Ташкент экономика университети тәрепинен Шоманай районы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 33-санлы қәнийгелестирилген мектеп оқыўшы жасларының билимин асырыў ҳәм ой-ѳрисин раўажландырыўға бағдарлап 15 сабаққа мѳлшерленген электрон девайзери берилди.
Бул бойынша мектепте ис-реже тастыйықланып, бүгинги күнде сабақлық ретинде ѳтилмекте ҳәм оқыўшылар бағдарланған билимлерди толық ѳзлестириўге еристи.
Оқыўшыларға электроника бойынша пән муғәллимлери 11-класс оқыўшыларына Сметова Злийха, ал 10-класс оқыўшыларына Жийемуратова Ҳүрлиманлар бекитилип, оқыўшылар арасынан Бердимуратов Азизбек ҳәм Юсупов Сағындықлар лидер етип сайлап алынды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon