Шоманай районы Айрықша жағдайлар бѳлими, «Худудгаз» Шоманай районлық газ тәмийнаты бѳлимшеси ҳәмде Халық билимлендириў бѳлимине қараслы улыўма билим бериў мектеби директорлары, директор орынбасарлары ҳәмде хызметкерлери менен биргеликте Айрықша жағдайларда ийис гази ҳәм ѳрт қәўипсизлиги ҳаққында семинар ѳткерилди.
Семинарға Халық билимлендириў бѳлими баслығы Ѳ.Султамуратов, Айрықша жағдайлар бѳлими баслығы орынбасары Г.Режеповлар қатнасып Айрықша жағдайларда ийис гази ҳәм ѳрт қәўипсизлиги ҳаққында түсиниклер берди.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon