Қыс айларында пуқараларымыз жылытыў үскенелеринен көплеп пайдаланылады. Демек пуқаралардың үйлеринде, сондай-ақ мәкеме ҳәм кәрханаларда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын қатаң сақлаў ҳәр биримиздиң ең баслы ўазыйпаларымыздан есапланады. Бөлим хызметкерлери өрттиң алдын алыў бойынша район аймағында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар нәтийжели илажларды әмелге асырып келмекте.
Бул бағдарда пуқаралар арасында түсиник жумыслары ҳәм ушырасыўлар ѳткерилип, оларға түсиниклер берилмекте. Пуқараларымыз турақ жайларында өрт қәўипсизлиги қәделерине айрықша итибар қаратыў лазымлығы бойынша ҳәр түрдеги еслетпелер тарқатылды.
Жүз берип атырған өртлерди салыстырып қарасақ, электр проводларындағы қысқа тутасыў нәтийжесинде пайда болған өртлер тез-тез ушырасып турады. Айрым турақ жайларда ушырасып атырған электр тоқ проводларының изоляция қабаты истен шыққанлығы ҳәм электр сымларының жалғанған жерлериниң ашық ҳалда болыўы өрттиң келип шығыўына себепши болады.
Халқымызда «Аўырыўды емлегеннен, оның алдын алған абзал» деген гәп бар. Сонлықтанда айрым пуқаралар турақ жайларындағы күнделикли пайдаланып атырған электр үскенелеринен дурыс пайдаланса ҳәм электр сымларының изоляциясының жарамлылығын тийисли тараў қәнигелери тәрепинен қарсылыққа шыдамлылығын өлшетип, анықланған кемшиликлерди орнында дүзетип барса кеўилсиз жағдайлардың алдын алған болар едик.
Пуқаралар турақ жайлардағы усындай ҳәм буннан басқа кемшиликлерге итибарсызлық пенен қараў кеўилсиз жағдайларға алып келетуғынлығын халық арасында түсиндирип барыў ҳәм кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў бизлердиң баслы ўазыйпамыз.
Төмендеги өрт қәўипсизлиги қәделерине әмел қылыў мақсетке муўапық:
-Газ үскенелеринен дурыс пайдаланыў ҳәм газ ийисин сезгенде электр үскенелерин қоспаў, шырпы жақпаў, тез арада «104» номерине хабар бериў;
– Газ үскенелерин резиналы шлангалар менен жалғамаў;
– Электр есаплағышларына сым орап қоймаў;
– Жас өспиримлерди үйде жалғыз қалдырмаў;
– Жас балаларды ашық өрт пенен ҳәм шырпы менен ойнаўына жол қоймаў;
– Электр тармақларына жалғанған телевизор, радио ҳәм басқада электр үскенелерин қараўсыз қалдырмаў;
– Турақ жай әтирапларын шығындылардан ҳәм тез жаныўшы қуўрақ шөплерден өз ўақтында тазалап турыў.
Бәршени усы қағыйдаларға әмел қылыўды ҳәм турақ жайларымызда өрттиң алдын алыўда ҳәм оған қарсы гүресиўде биргеликте белсендилик пенен қатнасыўға шақырамыз.
Шоманай районы АЖ баслығы орынбасары аға лейтенант Г.Режепов