Múrájat ushın isenim telefonı

background

Университет ректоры менен жаслар ушырасыўы

Университет ректоры менен жаслар ушырасыўы

Мәмлекетимиздиң раўажланыўында илим-пән, тәлим-тәрбияның орны жүдә әҳмийетли. Сол себептен ѳсип киятырған жас әўладқа туўры тәрия бериў менен бирге оларға илим алыўында үлкен имкәниятлар жаратып бериўимиз керек. Бул бойынша 2020-жыл 16-ноябрь күни Ташкент экономика университети, Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 33-санлы қәнийгелестирилген мектеплер ортасында «Улыўма билим бериў мектебинде билим алып атырған оқыўшылардың илим-пән ҳәм кәсип-ѳнерге болған қызығыўшылығын күшейттириў ҳәм бунда оқытыўшылардың жуўапкершилигин жәнеде асырыў бойынша жоқарғы оқыў орны ҳәм улыўма билим бериў мектеп ортасындағы бирге ислесиўди беккемлеў» бойынша меморандум қабыл етилди.

Усы жылдың 21-январь күни Шоманай районы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 33-санлы қәнийгелестирилген мектебинде оқыўшылар менен ушырасыў болып ѳтти.

Ушырасыўға Ташкент Экономика университети ректоры Қ.Шарипов, ТЭУ кафедра баслығы А.Мухтаров ҳәм профессор Н.Каримовлар қатнасты.

Бунда оқыўшылар менен еркин сәўбетлесиўлер ѳткерилип, оқыўшылар ѳзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды ҳәм мыйманлар тәрепинен оқыўшыларға жәнеде  мектеп китапханасы қорына китаплар саўға етилди.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Skip to content