Múrájat ushın isenim telefonı

background

Халықты дизимге алыў–алдымыздағы әҳмийетли ўазыйпа

Халықты дизимге алыў–алдымыздағы әҳмийетли ўазыйпа

Мәмлекетимиз халқы санын анық есаплап шығыў, олардың жынсы, жасы, семьялық жағдайы, мағлыўматы,  турмыс дәрежеси, жасаў шәраяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәмде басқа демографик, социаллық-экономикалық тәрийиплери бойынша бирден-бир мағлыўматлар базасын жаратыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен “Өзбекстан Республикасында 2022-жылда халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы Пәрманы тастыйықланды.

            Усы ҳүжжет пенен тастыйықланған концепцияға тийкар Өзбекстанда 2022-жылда халықты дизимге алыў ислери алып барылыўы көзде тутылған.

            Концепцияға көре, ҳәр бир жуўапкер шөлкемлерге тийисли ўазыйпалар белгилеп берилген ҳәм халықты дизимге алыўды өткизиў бойынша тийисли орган Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети есапланады.

            Дизимге алыў ислери 3 басқышта әмелге асырылыўы нәзерде тутылған болып, халықты дизимге алыў барысында, және бир әҳмийетли ўазыйпаны бежериў көзде тутылған. Бул аймақларды карталаў, халықты аймақлық пунктлериндеги үйлердиң дизимин дүзиў менен байланыслы  мәселе, турақ ҳәм натурақ жайлардың анық саны, жағдайы, пайдаланылмай турған яки мүддетин өтеген имәратларды белгилеп алыў менен тийсли аймақларда үй-жай, санаат объектлерин қурыў ҳәмде оңлаўлаў мәселелерине айдынлық киритиў мүмкин болады.

            Буннан тысқары, пәрманға муўапық Өзбекстан Республикасында 2022-жылда халықты дизимге алыўды өткизиўге тийисли комплекс ис-илажлар дәстүри тастыйықланды. Усы пәрман менен мәмлекетимизде 2022-жылда халықты дизимге алыўда көмеклесиў бойынша республика ҳәм орынларда жергиликли комиссиялар дүзилди. Олардың тийкарғы ўазыйпалары аймақларда халықты дизимге алыўға таярлық көриў, өткизиў ҳәм нәтийжелерин дағаза қылыўға тийисли ис-илажлардың өз ўақтында ҳәмде сыпатлы бежерилиўин тәмийнлеў.

            Дизимге алыў барысында топланатуғын статистик мағлыўматлар ендиликте бирден-бир электрон мағлыўмат дизимине киритиледи. Нәтийжеде республикамыздың қаласы, районыннан, мәҳәллеси, көшесине дейин, алыс аўылларғада тийисли болған бәрше мағлыўматларды өз ишине алған бирден-бир мағлыўмат базасына ийе болады. Бул қымбатлы мағлыўматлар болса бүгин, ертең ҳәм жақын келешек әўладларымыз ушын жүдә зәрур.

Шоманай районы статистика бөлими

Skip to content