Múrájat ushın isenim telefonı

background

Шоманай районы Арал теңизинде мәдений кеше шѳлкемлестирди.

Шоманай районы Арал теңизинде мәдений кеше шѳлкемлестирди.

Мойнақ районында Арал теңизиниң қурыған ултанында дузлы шаңның кѳтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасының барлық жерлеринен хызметкерлер келип, Арал экологиясын жақсылаўға ийинлес болып, ѳзлериниң қол кѳмеклерин бермекте. Солардан Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларынан сексеўил егиўге келген хызметкерлерди «14-январь Ўатан қорғаўшылар күни» байрамы мүнәсибети менен қутлықлаў ушын ҳәмде байрам кейпиятын жоқары дәрежеде ѳткериў мақсетинде Шоманай районы ҳәкимлиги Мойнақ районында болып, мәдений кеше шѳлкемлестирди.

Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев хызметкерлерди байрам менен қутлықлады ҳәм байрам мүнәсибети менен хызметкерлерге саўғалар тапсырылды. Соң Шоманай районы Мәденият бѳлими тәрепинен әжайип аяқ ойынлар қосықлар атқарылып, байрам концерт бағдарламасы менен даўам етти. Ѳткерилген мәдений кеше соңында хызметкерлер ѳзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. @shomanay_rayon  

Skip to content