Múrájat ushın isenim telefonı

background

ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРҒА БИР ЖЫЛЛЫҚ ЕСАБАТ БЕРДИ

ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРҒА БИР ЖЫЛЛЫҚ ЕСАБАТ БЕРДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти өзиниӊ Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасында депутатлар шығарылып атырған нызамлардыӊ қоллап-қуўатлаўшысы емес, бәлким оныӊ орынланыўын қадағалап барса мақсетке муўапық болар еди деп айрықша атап өткен.

Бүгинги күнде Олий, Мәжлис Нызамшылық палатасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси, Халық депутатлары қала ҳәмде районлық Кеӊеслерине өткерилген сайлаўғада 1 жыл толды.

Сарманбайкөл АПЖ да жайласқан 12-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ӨзМТДП Шоманай районлық Кеӊеси баслығы Г.Сапарбаева   Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Халық депутатлары Шоманай районлық Кеӊесине 16-санлы Сарманбайкөл сайлаў округинен сайланған депутат М.Байдуллаева Сарманбайкөл АПЖда жасаўшы өз сайлаўшыларына 2020-жыл даўамында әмелге асырылған ис-илажлардыӊ орынланыўы бойынша халыққа есабат берди.

Мәжлисти ӨзМТДП Шоманай районлық Кеӊеси баслығы Г.Сапарбаева ашық деп жәриялап бүгинги есабат мәжлисиниӊ мазмун мәниси менен сайлаўшыларды жақыннан таныстырып өтип, Мәмлетимиз бойлап көтериӊки руўхта күтип асығыслық пенен телевидиние радио арқалы туўрыдан-туўры алып берилген Президентимиздиӊ Олий Мәжлиске халыққа жоллаған Мүражатнамасы тийкарында алдағы ўақытларда район көлеминде әмелге асырылыўы режелестирилген ис-илажлар бойынша Халық депутатлары районлық Кеӊеси сессиясында қабыл етилген қарарлардағы аҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Буннан соӊ сөзге Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Халық депутатлары Шоманай районлық Кеӊесине 16-санлы Сарманбайкөл сайлаў округинен сайланған депутат М.Байдуллаева жыл басынан пуқаралардан 50ден аслам жазба ҳәмде аўызша көринисинде мүрәжатлер келип түскен, соннан 39 мүрәжат унамлы шешимин тапқан 5 мүрәжат депутат қадағалыўына алынып, 7 мүрәжат бойынша ҳуқуқый мәсләҳәт берилгенлиги, пуқаралардан келип түскен мүрәжатлердиӊ басым көпшилиги ден саўлықты сақлаў, майыплық напақасын тайынлаў, сондай-ақ ҳаял-қызларды социяллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша аўыл ҳәмде мәкән пуқаралар жыйынлары тәрепинен бир мәртелик жәрдемлер, 2 жасқа шекемги, 14 жасқа шекемги балалар күтими ушын төленетуғын  напақалардыӊ үзилиске түсип қалыўы бойынша машқалалар көплеп ушырасып атырғанлығын  өзиниӊ есабатында айтып өтти.

Мәжилис даўамында Сарманбайкөл АПЖ пуқарасы Қошмуратова Айсарадан жеӊиллетилген кредит алып, өз исбилерменлигин жолға қойыўда көмек соралған мүрәжат келип түсти. Депутат М.Байдуллаева келип түскен мүрәжатти депутатлық қадағалыўына алып жақын күнлерде мағлыўмат беретуғынлығын айтты.

Өткерилген мәжилисте машқалалалары унамлы шешимин тапқан  пуқаралардан Дилбар Бекбаўлиева депутатқа өзиниӊ миннетдаршылығын билдирди.  Есап бериў мәжилиси сораў-жуўапларға бай-тәризде сəубетлесиў, пикирлесиў менен мазмунлы түрде өткерилди.

Мəжилис соңында депутаттың жумысы сайлаўшылары тəрепинен  қанаатландырарлы деп табылып, сайлаўшы менен депутат алдағы ўақытлары тығыз бирге ислесиўге келисилип алынды.

Г. Сапарбаева.

ӨзМТДП районлық Кеңес баслығы

Skip to content