Инсан-тәбияттың жер жүзиндеги жоқары жетискенлиги. Бирақ тәбият жаратқан әжайибатлардан ләззет алыў ушын инсан саламат, күшли ҳәмде зийрек болыўы зәрүр. Сонлықтан ҳәр бир инсан ѳз саламатлығы ушын спорт пенен шуғылланып, таңғы дене шынығыўларды ислеўи керек.
2021-жылы 12-январь күни Шоманай районы Балалар ѳспиримлер спорт мектеби тәрбияланыўшылары азанғы дене шынығыўлар ислемекте. Себеби инсанда семирип кетиў ҳәм артықша салмақ булл кеселликке алып келиўи мүмкин.
Спорт пенен шуғылланың ҳәм саламат болың!
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@shomanay_rayon