Múrájat ushın isenim telefonı

background

Судланғанлық «тамғасы» қалай алып тасланады?

Судланғанлық «тамғасы» қалай алып тасланады?

Кѳп ғана пуқараларымыз «судланған» деген қара тамғадан шетлеў жүриўге ҳәрекет қылады. Дүньяда ҳеш бир инсан жынаятшы болып туўылмайды, ал усы жаман иллети ѳмири даўамында ѳзине арттырып алады. Билип-билмей адасып жынаят қѳшесине кирип қалғанлар кейиншелик ѳз мойынларына «судланған» деген тамғаны алыўға мәжбүр болады. Судланғанлық ѳзи не? Әмелдеги Жынаят кодексине кѳре, судланғанлық шахстыӊ ислеген жынаяты ушын ҳүким етилгенинен кейин келип шығатуғын ҳуқықый жағдай болып есапланады. Негизинде, суд тәрепинен жаза тайынланған айыплаў ҳүкими нызамлы күшине кирген күннен баслап шахс судланған деп есапланады. Ҳәр қандай ҳәрекет яки ҳәрекетсизликтиӊ ақыбети болғаны сыяқлы, жынаят ислеўдиӊ де ѳзине жараса ҳуқықый ақыбети бар олда болса судланғанлық.

Тѳмендеги жағдайларда шахс судланбаған есапланады:

жаза тайынланбаған ҳалда айыплаў ҳүкими шығарылғанда;

медициналық түрдеги мәжбүрлеў шаралары қолланылған болса;

жуўапкершиликке тартыў мүддетиниӊ ѳтип кеткенлиги мүнасебети менен жазадан азат етилгенде;

қылмыс яки шахс жәмийетлик қәўиплилигин жоғалтқанлығы мүнасебети менен жазадан азат етилгенде;

айыпланыўшы ѳз қылмысына әмелде пушайман болғанлығы мүнасебети менен жазадан азат етилгенде;

жынаят ислеген шахс жәбирлениўши менен жарасқанлығы мүнасебети менен жазадан азат етилгенде;

жынаят ислеген шахс кеселлиги себепли жазадан азат етилгенде;

амнистия яки әпиў етиў тийкарында жазадан азат етилгенде;

Судланғанлық мүддетиниӊ ѳтип кеткенлиги яки судланғанлықтыӊ алып тасланыўы мүнасебети менен оныӊ барлық ҳуқықый ақыбетлери бийкар болады.

Кѳпшиликке судланғанлық ҳалаты қашан жоғалыўы қызық болса керек. Демек, жынаят нызамы бойынша шахстыӊ судланғанлық ҳалаты тѳмендеги жағдайларда тамамланады.:

шәртли ҳүким етилгенлерге қарата — суд тәрепинен шахсқа белгиланган сынаў мүддети тамам болған күннен баслап;

мәжбүрий жәмийетлик ислери, хизмет бойынша шеклеў яки интизамий бѳлимге жибериў тәризиндеги жазаларды ѳтеп шыққаннан кейин;

жәрийма жазасы орынланған күннен кейин, сондай-ақ арнаўлы ҳуқықтан айырыў яки мийнетте дүзетиў ислери жазалары ѳтелгенинен кейин бир жыл ѳткеннен соӊ;

азатлықты шеклеў жазасы ѳтелгенинен кейин — еки жыл ѳткеннен кейин;

бес жылдан кѳп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы ѳтелгенинен кейин — тѳрт жыл ѳткеннен соӊ;

бес жылдан артық, бирақ он жылдан кѳп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы ѳтелгенинен кейин — жети жыл ѳткеннен соӊ;

он жылдан артық, бирақ он бес жылдан кѳп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы ѳтелгенинен кейин — он жыл ѳткеннен соӊ.

Нызамшылығымызда пуқаралар билиўи лазым болған әҳимийетли қағыйдалар бар болып, бул судланғанлықты мүддетинен алдын алып таслаў мәселеси.

Жынаят кодексине тийкар, егер шахс еркинен айырыў жазасы ѳтеп болғанынан кейин оған ҳәкимшилик жаза яки интизамий тасир шаралары қолланылмаған болса: жәмаат бирлеспеси; пуқаралардыӊ ѳзин-ѳзи басқарыў ораны; мийнет жәмаати; жазаны ѳтеп шыққан шахстыӊ ѳзи яки ўәкилиниӊ берген илтимаснамасына менен де суд Жынаят кодексинде нәзерде тутылған жоқарыда кѳрсетилген мүддетлердиӊ кеминде ярымын ѳтегенинен кейин оныӊ судланғанлығын алып таслаўы мүмкин.

Бирақ нызамшылығымызда жеӊиллик есабында экономика тийкарларына қарсы айырым жынаятлар ушын, тийкарынан Жынаят кодексиниӊ
178 — 184, 185 — 1852, 189 — 192-статьяларында нәзерде тутқан жынаятларды ислегенлиги ушын ҳүким қылынған шахслардыӊ судланғанлығы олар мәмлекетке жүдә кѳп муғдарда зыян жеткизбегенде (базалық есаплаў муғдарыныӊ бес жүз барабары ҳәм оннан артық болған муғдар), Кодекстиӊ 78-статьясында нәзерде тутылған мүддетлердиӊ кеминде тѳрттен бир бѳлегин ѳтегенинен кейин суд тәрпинен алып тасланыўы мүмкинлиги белгиленген.

Буннан тысқары, нызамшылығымызда он бес жыл ҳәм одан артық мүддетке еркинен айырыў жазасын ѳтеп шыққан шахслар ҳәмде ѳте қәўипли рецидивистлер, егер олар жазаны ѳтеп шыққанынан кейин он бес жыл даўамында жаӊа жынаят ислемесе, суд олардыӊ судланғанлығын алып таслаўы мүмкинлиги белгиленген.

Судланғанлықты мүддетинен алдын алып таслаў ҳаққындағы илтимаснама судланғанлық ҳалаты бар болған шахс оныӊ қорғаўшысы яки нызамлы ўәкили ямаса жәмийетлик бирлеспе яки жәмаат тәрепинен жазаны ѳтеп шыққан шахс жасаў жериндеги жынаят ислери бойынша район (қала) судына бериўи мүмкин.

Сондай-ақ, судланғанлық әпиў етиў яки амнистия акти тийкарында да алып тасланыўы мүмкин.

Жынаят ислери бойынша

Шоманай район судының

кеңсе меңгериўшиси

З.Алламуратов

Skip to content