Múrájat ushın isenim telefonı

background

Әскерий кѳргизбе жаслар нәзеринде

Әскерий кѳргизбе жаслар нәзеринде

Усы жылдың 11-январь күни Ѳзбекстан Республикасы Қураллы күшлериниң дүзилгенине 29 жыл толыўы ҳәм 14-январь Ўатан қорғаўшылар күни байрамы мүнәсибети менен Ўатансүйиўшилик айлығы шеңберинде, Шоманай районы ҳәкимлиги жанында Шоманай районы әскерий шегара посты әскерлериниң саҳналастырылған кѳринислери ҳәм әскерий техника жәнеде қурал-жарақлар кѳргизбеси болып ѳтти.

Илажди Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары А.Қайпназаров ашып берди ҳәм байрам менен қутлықлады.

Соң 9202-әскерий бѳлими командири орынбасары подполковник            С.Тошматов шығып сѳйлеп әскерий хызметкерлердиң спорт шынығыўлары, қурал-жарақ кѳргизбеси, әскерий ийтлердиң қандай ҳәрекетлениўлери бойынша мектеп оқыўшыларына түсиниклер берип ѳтти.

Соң кѳргизбе мектеп оқыўшыларының дыққат итибарында басланды.

Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

@shomanay_rayon

Skip to content