Бириншиден, мағлыўмат бир сәнеде халықтың анық саны жасы ҳәм жынысы, пуқаралығы, миллет кесиминде, бәрше аймағы бойынша саны, семья жағдайы, мағлыўмат дәрежеси, үй-жай менен тәмийинленгенлиги дәрежеси, мийнет ресурслары, экономикалық жағдайы, халық бәнтлиги (кәсиби ҳәм қәнийгелиги) ҳәм жумыссызлығы, дәрамат алыўлары, нәгиранлығы бойынша анық мағлыўмат алынады.
Екиншиден, халық жан басына макроэкономикалық кѳрсеткишлерди есаплаўда (жалпы ишки ѳним, халық дәраматлары, санаат ѳнимлери кѳлеми, тутыныў товарлары кѳлеми, халыққа кѳрсетилетуғын хызметлер кѳлеми, аўыл хожалығы ѳнимлери) ислетиледи.
Үшиншиден, халық миграциясы ҳаққындағы мағлыўматлар сәўлеленеди.
Тѳртиншиден, Республика ҳәм аймақларды социаль-экономикалық раўажландырыў, халық бәнтлиги, аналар ҳәм балалар саламатлығын жақсылаўда, семьяларға жәрдем кѳрсетиў бойынша дәстүрлерди мәнзилли ислеп шығыўда мағлыўмат сыпатында пайдаланылады.
Бесиншиден, статистика мәкемелери тәрепинен шѳлкемлестирилген таңланба гүзетиўлерди кѳрсетилген мағлыўматлар базасы сыпатында қолланылады.
Алтыншыдан, Миллий мәнзилли раўажланыў, мақсетлерди әмелге асырыў кѳрсеткишлерди шѳлкемлестириў ҳәм мониторингин жүритиўде хызмет қылады.
Жетиншиден, аймақлардың инфрадүзилисин жақсылаўда, мийнет ресурсларынан пайдаланыў ҳәм жайластырыў бойынша қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли прогнозлар, дәстүрлерин ислеп шығыўда пайдаланылады.
Сегизиншиден, Халықаралық шѳлкемлер ҳәм пайдаланыўшылар тәрепинен әмелге асыралатуғын болжаўлар ушын кең мағлыўтлар орайы есапланады.
Бундай мағлыўматлар социаллық-экономикалық кѳрсеткишлери прогноз қылыў, бәнтлик саласында сиясатты белгилеў, социаллық сиясат ҳәм халық саламатлығы бойынша дәстүрлерди жаратыўда, сондай-ақ мәмлекет ҳәкимияты органларының уазыйпаларын бежериўи, пән ҳәм жәмийетти тәмийнлеў ушын зәрүр.
Шоманай районы статистика бѳлими