Múrájat ushın isenim telefonı

background

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Олий мажлиске мүрәжати үгит-нәсият қылынбақта

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Олий мажлиске мүрәжати үгит-нәсият қылынбақта

2021-жылдың «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп ат берилиўи ҳүрметли Президентимиздиң елимиз жасларына болған аталарша ғамқорлығының айқын дәлили болды десек қателеспеймиз. Президентимиздиң 2020-жыл 29-декабрь күнги мүражатнамасы ҳәмде 2020-жыл 25-декабрдеги жаслар менен ушырасыўындағы белгилеп берген мәселелер, жасларға жаратылған имкәниятларды халыққа, әсиресе жаслардың кең қатламларына үгит- нәсиятлаў бойынша Шоманай районындағы оқыў орынларының жаслар жетекшилери қатнасында мәжилис өткерилди. Онда “Шоманай нуры” газетасы бас редакторы, шайыр Қ.Наўрызов, Республика руўхый ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы И.Алланиязов, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы М.Нарбаевлар қатнасты. Ушырасыўда 2021-жыл даўамында жаслар мәселелери бойынша исленетуғын жумыслар, сондай-ақ ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиў мәселелерине итибар қаратылды.
@shomanay_rayon

Skip to content