1. Усы Нызам Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыў таярлық көриў, өткизиў, нәтийжелерин анализ қылыў ҳәм дағаза етиў тәртибин белгилейди.
2. Дизимге алыў 2023-жыл 1-25 ноябрь күнлери өткизиледи ҳәм дизимге алыў басланыўының анық ўақты 2023-жыл 1-ноябрь саат 00.00 етип белгиленеди (кейинги орынларда – дизимге алыў сәнеси). Дизимге алыўды өткизиў даўамлылығы 25 күн.
Респондентлердиң пуқараға тийисли мағлыўмтларды жыйнаўда дизимге алыў сәнесинен кейин жүз берген демографик ҳалатлар есапқа алынбайды. 2023 жыл 1-ноябрден кейин туўылған балалар ушын дизимге алыў журналы ҳәм басқа дизимге алыў ҳүжжетлери толтырылмайды, бирақ усы сәнеден кейин өлген шахслар ушын толтырылады. Бунда өлген шахс туўрысындағы мағлыўматлар оның шаңарағындағы ағзалары яки мәҳаллесиндеги бар болған мағлыўматлар тийкарындада толтырылады.
3. Шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў:
респондентлер жасайтуғын турақ жай ҳәм натурақ жайларға, үйме-үй жүрип сораў өткизиў арқалы әмелге асырылады. Дизимге алыў журналы дизимге алыўшы хызметкерлер тәрепинен респондентлердиң сөзлери тийкарында толтырылады;
халықты дизимге алыў өткизиў дәўринде жасап (турған) жайында ҳәзир болмаган яки жас өспиримлер шахслар (респондентлер) туўрысындағы шахсга тийисли мағлыўматлар үй хожалығының ағзалары тәрепинен мағлыўмат бериледи. Респондент дизимге алыў журналындағы сораўларға жуўап бериўден бас тартса, дизимге алыў журналы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларындағы яки жергиликли ҳәкимият органларындағы бар мағлыўматлар тийкарында толтырылады;
сөйлеўи ҳәм еситиўде нуқсаны болған пуқаралардың шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў тийисли аймақ бойынша нәгиранлық жәмиятлердиң хызметкерлери яки сол шахслар менен байланысыў имканияты бар болған шахслар көмегинде әмелге асырылады.
Халықтың айырым тайпалары бойынша шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў, дизимге алыў журналы ҳәм басқа дизимге алыў ҳүжжетлерин толтырыў «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 24-статьясына тийкар әмелге асырылады.
Шоманай районы статистика бөлими.